Президент пәрманы менен Қарақалпақстан исбилерменлер ушын кең имканиятлар майданына айланды

199 kóriwler

Президент пәрманы менен Қарақалпақстан исбилерменлер ушын кең имканиятлар майданына айланды


Пәрман менен Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде 100 млн. АҚШ доллары ажыратылады. Усы қаржылар шеңберинде коммерциялық банклер тәрепинен инвестиция жойбаларын қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процент, миллий валютада 12 процент болған жыллық ставкаларда и мүддетке шекем 5 жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда кредитлер ажыратылады. Жойбарлар коммерция банклери шөлкемлестириўшилигиндеги инвестиция компаниялары тәрепинен әмелге асырылып, кейинирек олар "тайын жойбар" ретинде исбилерменлерге сатылады.

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен 2024-жыл жуўмағына шекем жаңа жойбарларды қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде халықаралық қаржы институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллар муғдарында кредит қаржылары тартылады.

Қарақалпақстан Республикасында бизнес орталығын еле де жақсылаў мақсетинде исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик фонды тәрепинен, инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ҳәмде айланба қаржыларын қәлиплестириў мақсетлерине миллий ҳәм сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредит муғдарының 75 процентине шекем, бирақ, 5 млрд сумнан аспаған муғдарда кепиллик бериледи. 

Киши ҳәмде жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестиция миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкаларын, имарат ҳәм объектлерди меншиклестирип бериў тәртиби белгиленеди. 

Аймақта ғалабалық саўдаларда турған мәмлекетлик мүлк объектлери 3 ай мүддетте сатылмағанда оларды электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс билдирген талабанға инвестиция киргизиў миннетлемеси менен бериў тәртиби енгизиледи.

2023-2024-жылларда Нөкис қаласында 1 млн АҚШ доллары, қалған районларда 300 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар басламашыларына Министрлер Кеңеси қарары тийкарында жер участкаларын туўрыдан-туўры узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў системасы енгизиледи.
Орайлық банк тәрепинен 2024-жылдан баслап ҳәр жылы коммерциялық банклерге Қарақалпақстан ушын шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кеминде 2 трлн. сум қаржылары ажыратылады. 

- Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жаңадан шөлкемлестирилген, есап бетинде қаржы жетерли дәрежеде айланбаған исбилерменлик субъектлерине, қаржылық қоллап-қуўатлаў ушын гиреў тәмийнатынан келип шығып, базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги болған муғдарда;

- жасларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәмде ислеп шығарыў процесиндеги кәнигелерди қайта таярлаў, билим ҳәм потенциалын арттырыў мақсетинде олардың сырт мәмлекетлерде билим алыўы ушын 4 жыллық жеңилликли дәўир менен 10 жыл мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан аспаған муғдарда кредит қаржылары ажыратылыўы системасы енгизиледи. 
Сондай-ақ, Хожели районындағы 100 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы» шөлкемлестириледи.
Жаслар орайында белгиленген объектлерди қурыў ушын Өзбекстан Республикасы республика бюджети қаржылары есабынан 2023-2027-жыллар даўамында 10 жыл мүддетте қайтарыў шәрти менен 1 трлн сум муғдарында ссуда қаржылары ажыратылады.
2023-жыл 1-январьға шекем Қораөзек районы аймағындағы «Беркуттау» мыс кәниндеги геологик қыдырыў жумыслары жуўмақланады;
20 перспективалы майданда анықланған ҳәк тас, минерал дузлар, қурылыс тасы ҳәм қумы, бентонит, порфирит резервлерин электрон аукцион саўдаларына жайластырылады.

Barlıq jańalıqlarǵa